Шымбай районы Əдиллик бөлими хызметкерлери халық арасында ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып бармақта
Өзбекстан Pеспубликасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери искерлигин түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында Шымбай районы Əдиллик бөлими хызметкерлери «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны пуқараларына қабыл етилип атырған Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.



