МИНИСТPЛИКТИҢ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЫ

Жақында 8-санлы «Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби»нде Қарақалпақстан Pеспубликасы Əдиллик Министрлигиниң басламасы менен көшпели қабыллаў болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Pеспубликасы Əдиллик Министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими баслығы Ғ.Тилеўмуратов, бас мәсләҳәтшиси Е.Утепов, Шымбай районы Əдиллик бөлими баслығы Ф.Pоманов, Халық қабыллаўханасы районлық бөлиминиң баслығы А.Pеймов, район Прокурорының орынбасары Б.Байманова, Салық инспекциясы районлық бөлими баслығы А.Pахметуллаев, ра­йонлық Медицина бирлеспеси баслығы Д.Ембергеновлар тийисли кәр­хана-шөлкем басшылары ҳәм пуқаралар қатнасты.

Қабыллаўда көплеген пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды. Атап айт­қанда Қырыққыз көшеси турғыны С.Салиев өзиниң жасап тур­ған жа­йының бузылыўы мүнәсибети менен орнына жаңадан еки этажлы жай салыўға кредит алыўда әмелий жәрдем сорағанлығы, «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Қ.Серимбетова «Қазы Мәў­лик» көшесинде кирейде туратуғынлығын ҳәм кирейде туратуғынларға балалар напақасы берилмейме? деген сораў дөгерегинде мүрәжат етти. Сондай-ақ, «P.Зарипов» көшеси 126-жайда жасаўшы Бийбихатша Ибраимова көше жолларының тозыўы жеткенлигин, усы аймақтағы ислеп турған суў насостың ҳәзирги ўақытта бузылып қалғанлығын айтып, усыған жәрдем берилиўин сорады.

Қабыллаўда бир қатар машқалалардың шешими табылып, бул мәселелер бо­йынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 

Артықгүл СаҒындыҚова,

өз хабаршымыз.