ШЫМБАЙ PАЙОНЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕP ОPАЙЫ ТӘPЕПИНЕН ӨТКЕН 6 АЙ ДАЎАМЫНДА ҚАНДАЙ ЖУМЫСЛАP ӘМЕЛГЕ АСЫPЫЛДЫ?

Өзбекстан Pеспубликасы Президенти тәрепинен 2017-жыл 12-декабрьде «Халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң миллий системасын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5278-санлы Пәрманы қабыл етилген еди. Усы Пәрманға муўапық Мәмлекетлик хызметлер орайы Шымбай районы бөлимине жәми 3958 арза келип түскен болып, яғный алкоголь өнимлери менен усақлап саўданы әмелге асырыў ҳуқықын бериўши рухсатнамасын алыў ушын 10 арза, жәмийетлик аўқатланыў кәрханалары тәрепинен алкоголь өнимлерин сатыў ушын 17 арза, электр тармақларына жалғаныў ушын 47 арза, газ тармақларына жалғаныў ушын 38 арза, телекомуникация тармақларына жалғаныў ушын 18 арза, ишимлик суўына жалғаныў ушын 71 арза, юридикалық шахслардың имаратларға ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын 15 арза, ипотека шәртнамаларын мәмлекетлик дизимге алыў ушын 59 арза, юридикалық шахслардың жер участькаларына болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын 9 арза, объектти қайта қәнигелестириў ҳәм реконструкция етиўге рухсат бериў бойынша 1 арза, қурылыс-монтаж жумысларын әмелге асырыў ушын 1 арза, қызыл китапқа киргизилмеген жабайы өсимликлер, олардың бөлеклерин алып кириў ҳәм алып шығыў ушын 2 арза, дәри-дармақ өнимлерин ҳәм медицина буйымларын усақлап сатыўға лицензия алыў ушын 14 арза, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қабыл етиў ушын 1413 арза, пуқаралардан жыйналып барылатуғын пенсия дизимин есапқа қойыў ушын 486 арза, электрон санлы имза алыў ушын 1709 арза, жеке тәртипте үй-жай қурыў (реконструкция кылыўға) ушын 10 арза, архитектура режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў ушын 10 арза, қурылысы питкен (реконструкция қылынған) объектлерди пайдаланыўға қабыллаў ушын 24 арза, судланбағанлық яки судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў ушын 2 арза, Ташкент мәмлекетлик юридика университетине оқыўға ҳүжжет тапсырыў ушын 2 арзалар қабыл етилди. Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине ҳүжжет бериў ушын келип түскен арзалар тийисли уйымларға өз ўақтында жеткерилип, ўақтында шешимлерин тапты.

«Өзбекстан Pеспубликасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 3430-санлы қарарының мазмун-мәнисин кең түрде түсиндириў, мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң түрлери бойынша түсиндириў мақсетинде район аймағындағы пуқаралар жыйынларында, шетки аўыл ҳәм мәҳәллелерде 71 мәрте ушырасыўлар, дөңгелек стол сәўбетлесиўлери ҳәм де семинарлар өткерилип, халыққа 6700 ден зыят буклетлер тарқатылды, 1 мәрте телеведениеден, 2 мәрте радиодан, 3 мәрте газетаға мақалалар берилди ҳәм 1 мәрте вебсайтга мағлыўматлар жайластырылды.

 

А.Айтымбетов,

Шымбай районы

  • хызметлер орайы директоры.