ҲЕШ КИМ НƏЗЕPДЕН ШЕТТЕ ҚАЛМАЙДЫ
Халқымызда «Тарийхсыз келешек жоқ» деген даналық сөзлер бар. Бул даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир инсан бар екен, әлбетте, ол инсанның келип шығыў тарийхы болады. Ол инсан өз тарийхын билмесе, келешекке қарай қәдем таслаўы аңсатлық пенен кешпейди. Сонлықтан өз тарийхымызды үйренбесек, келешекте өз орнымызды таба алмаймыз.
Ҳәммемизге белгили Қарақалпақ халқы көп жыллық тарийхқа ийе болып, бүгинги күнге келип, бул тарийхий естеликлер Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейинде сақланып келинбекте. Бул естеликлерди көрген инсанда ата-бабаларымыз тарийхына болған басқаша бир қызығыўшылық, сүйиcпеншилик сыяқлы сезимлер пайда болады. Бул сезимлер қайсыдур инсанда пайда болар екен, әлбетте, өзиниң тарийхын үйренбестен қоймайды.
Солай екен, жақында райондағы кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери менен биргеликте Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен бийпул И.В.Савицкий атындағы мүзейге сондай-ақ, балалар дем алыў орайларына саяхатқа шығыў имканияты берилди. Бул саяхатты шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет балалардың тарийхты үйрениўге азғана болса да имканият жаратып бериў, олар арасында дослық мүнәсибетлерин кеңнен жолға қойыў, олардың ўақтын мазмунлы ҳәм қызықлы өткериў болып табылады.
- Бизлердиң бул жерге келиўге имканиятымыз жетерли дәрежеде емес еди. Бул жерге саяхатқа алып келген «Жаслар аўкамы»нан миннетдармыз. Бизлер бул музейге келип, өзимиздиң тарийхый билимимизди асырыўға еристик. Және де бир-биримиз бенен досластық. Ўақтымыз жүдә мазмунлы ҳәм кеўилли өтти. Бизлер бул имканиятларға жуўап ретинде тарийхымызды үйренип, Ўатанымызға пайдасы тийетуғындай инсанлар болып жетилисемиз - дейди саяхатқа барған оқыўшылардан бири.
Саяхатқа барған ҳәр бир баланың кеўлинде әйне усындай пәкизе нийетлер түйилген. Олардың бундай пикирлеўинде бул шөлкемлестирилген саяхаттыңда үлкен үлеси бар деп ойлайман. Журтымызда усындай жақсы нийетли балалар бар екен, әлбетте, Ўатанымыздың келешеги Уллы ҳәм айдын болыўына исенимим кәмил. Бизлердиң журтымызда ҳеш ким ҳеш ўақыт нәзерден шетте қалмайды. Себеби, биз жаслар Ўатанымыздиң жарқын келешегимиз.
Бизлер басымызды бәлент тутып «Уллы мәмлекеттиң - бәркамал жасларымыз» деп емин-еркин айта аламыз.
Улдәўлет Бекбаева,
Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Сәрдарлар Кеңесиниң сиясий-ҳуқықый саўатханлық жөнелиси сәрдары.


