Күшлилерди саралаған бириншилик ямаса спорт пидайысы Пердеғалый Қалмуратовтың 70 жыллығына арналған турнир
Бүгин Шымбай экономика колледжиниң спорт залында Шымбай районы ҳәкимлиги, Дене-тәрбия ҳәм спорт комитети районлық бөлими, Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебиниң шөлкемлестириўинде мийнет ветераны ҳәм спорт пидайысы Пердеғалий Қалмуратовтың 70 жыллығы мүнәсибети менен 2002-2003, 2004-2005 ҳәм 2006-2007-жыллары туўылған балалар арасында спорттың бокс түринен Шымбай районы ашық бириншилигиниң ашылыў мәресими болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Pеспубликасының барлық қала ҳәм районларынан боксшы жаслар ҳәм олардың тренерлери қатнаспақта.
Ашылыў мәресиминде район ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаев, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлими баслығы Б.Абдуллаев, спорт ветеранларынан P.Зиватдинов, P.Кабиров, С.Шерманов, районлық спорт бөлиминен Т.Оспановлар шығып сөйлеп, Пердеғалый Қалмуратовтың спортта ерискен жетискенликлери сондай-ақ, усы тараўға қосқан үлеси ҳаққында айтып өтти ҳәм спортшыларға табыслар тиледи. Буннан соң П.Қалмуратовқа район ҳәкимлиги тәрепинен спорт тараўына қосқан үлеси ушын миннетдаршылық хаты ҳәм баҳалы саўғалары сондай-ақ, Хожели районы Бокс клубы тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.
Соңынан жарысты Шымбай ҳәм Кегейли районы спортшылары баслап берди.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў тийис, жарыс 26-июль күни шерек финал, 27-июль күни ярым финал ҳәм 28-июль күни жуўмақлаўшы финал басқышы болып өтеди.
Оразбай ПИPЛЕНОВ.

