Өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайлар қалай ҳүжжетлестириледи?
Өзбекстан Pеспубликасы Президентиниң 2018-жыл 20-апрель күнги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳәм де өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша бир мәртелик акциясын өткериў ҳаққында»ғы ПФ-5421-санлы Пәрманы талапларын орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Pеспубликасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 21-июнь күнги 461-санлы қарары бойынша пуқаралардың өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары яки қурыў ушын рухсатнама алмастан қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы дағазаланды. Бул Пәрманның орынланыўы бойынша арнаўлы қарар қабыл етилип, көшпес мүлкке ийелик етиў ҳуқықын бериў ушын районлық комиссия қурамы шөлкемлестирилди. Комиссияға район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы бойынша орынбасары басшылығында районлық кадастр, қурылыс, әдиллик ҳәм де басқа тийисли мәкемелер хызметкерлери бириктирилди. %збасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын алыў ушын имарат жайласқан аймақтағы мәмлекетлик хызметлер арқалы район ҳәкимлигине арза менен мүрәжат етиўи керек. Арзаға қосымша сыпатында төмендегилер ҳүжжетлер киреди.
Мүрәжат етиўшиниң паспорт нусқасы, шаңарақ ағзалары ҳаққында ҳәмде жер участькасына ийелик еткен мүддети менен имарат қурылған ўақты ҳаққында пуқаралардың өзини-өзи басқарыў уйымларының мағлыўматнамалары, жоқарыда көрсетилмеген мағлыўматлардан басқа ҳүжжетлерди талап етиў қадаған етиледи.
Сондай-ақ, комиссияға арза түскен жағдайда өзбасымшалық пенен қурылған турақ жай үйрениледи ҳәм де акт пенен рәсмийлестириледи. Актлерде комиссия ағзаларының жуўмақлары жазылады ҳәм де турақ жайға мүлк ҳуқықын бериў мүмкин яки мүмкин емеслиги көрсетиледи. Егерде, турақ жайға мүлк ҳуқықын бериў мүмкин болса, акт тастыйықланған күнниң өзинде мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўши бир мәртелик төлемди төлеў ушын электрон тәризде есап бети фактурасы система арқалы жибериледи ҳәм де 4 күн ишинде ең кем ис-ҳақының 5 есеси муғдарында бир мәртелик төлем әмелге асырылғанынан кейин мүлкти ийелик етиў жойбарына муўапық, 2 күн даўамында район ҳәкиминиң тийисли шешимин қабыл етеди. Қабыл етилген шешим нусқасы мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы мүрәжат етиўшиге басқа мәмлекетлик кәрханаларға бармастан бир мәрте арза жазыў ҳәм де пул төлеў ушын еки мәрте мәмлекетлик хызметлер орайына барады.
Өзбасымшалық пенен ийелик еткен турақ жайлар менен жер участькалары белгиленген мүл ҳуқықын бериўши тийисли белгиленген талапларға жуўап берген жағдайларда ғана мүлк ҳуқықы бериледи. Егерде мүл ҳуқықын бериўде белгиленген талапларға жуўап бермеген жағдайда мүрәжат етиўшиге комиссия исши топары тәрепинен бийкарлаў бойынша хат таярланып акт нусқасы менен сол күнниң өзинде мәмлекетлик хызметлер орайында ҳәм де район ҳәкимине электрон система арқалы жибериледи.
Мүрәжат етиўши комиссия қарарынан наразы болған жағдайда бир мәртелик акция жуўмақланыўына шекем тийисли жоқары турыўшы комиссияға ямаса судқа арза бериў ҳуқықына ийе.
Б.ТЛЕУБЕPГЕНОВ.
Өзбекстан Pеспубликасы Əдиллик министрлиги жанындағы мәмлекетлик хызметлер агентлиги Шымбай районы мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.



